Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Өзбекистан-Тәжикстан шегара бажыхана посты ашылды



Ферғана ўәлаяты Бешариқ районындағы «Андархон» халық аралық атаққа ийе болған бажыхана посты ашылды. Бул пост 8 жыл алдын жабылған. Посттың ашылыўы халық ушын үлкен қолайлықларды жаратпақта, деп жазады xabar.uz басылымы.
Бул жерде халыққа әпиўайыластырылған тәртипте шегарадан өтиў системасы енгизилди. Өз-ара барып келиўде тосқынлықлар, артықша рәсмийлик сапластырылып атырғаны, неше әсирден берли қоңсы болып жасап киятырған еки халық пуқараларын оғада қуўандырды. Енди бул жерде телеграмма ҳәм мирәтнама хатысыз биймәлел ҳәрекетлениў мүмкин. ЎзА хабарына қарағанда, бул жерде бир күнде 650 пуқараның ҳәрекетленгениниң өзи ҳәмме ушын үлкен қолайлық болғанын билдиреди.
 
    2018-02-12 09:57:48 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine