Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Өзбекистан судьялары ассоциациясы баслығы өзгерди



«Туркистон» сарайында Өзбекистан судьялары ассоциациясының V съезди болып өтти. Жыйналыста 2012-2017-жыллардағы жумысы ҳәм келешектеги ўазыйпалары сөйлесилди. Бул ҳаққында ЎзА  хабар бермекте.
Суд системасында жумыс ислеп атырған судьялар арасынан сайланған делегатлар, суд ветеранлары, Олий Мажлис, Бас прокуратура, Әдиллик ҳәм Ишки ислер министрлиги ўәкиллери, мәмлекетлик емес, коммерциалық емес шөлкемлер ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасқан илажда шөлкемлестириў мәселеси көрип шығылды.
Өзбекистан судьялары ассоциациясы баслығы лаўазымына Убайдулла Мингбоев сайланды. Орайлық Кеңес ағзалары ҳәм тексериў комиссиясының жана қурамы сайланды.
 
    2017-10-30 12:56:34 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine