Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Өзбекистан пуқаралары дүньяның 54 мәмлекетине визасыз барыўы мүмкин



Passport Index мағлыўматына қарағанда, Өзбекистан пуқаралық паспорты менен 54 мәмлекетке виза рәсмийлестирместен ямаса аэропорттың өзинде ҳүжжетлестирилген ҳалда барыўы мүмкин.
Әне усындай имканият пенен барыў мүмкин болған мәмлекетлер қатарына Баливия, Барбадос, Эквадор, Иран, Индонезия, Ливан, Тайланд ҳәм Филиппин сыяқлы мәмлекетлер бар. Дүньяның ең күшли паспортлары дизимин Сингапур пуқаралығы басқарып турыпты. Сингапур паспортына ийе болған адамлар дүньяның 159 мәмлекетине жеңиллик пенен барыўы мүмкин.
Екинши орында Германия, сондай-ақ күшли үшликти Швеция жуўмақлап берген. АҚШ паспорты менен 154, Бирлескен Араб Әмирлиги ҳүжжети менен болса 128 мәмлекетке визасыз кириў мүмкин.
 
    2017-10-26 12:53:31 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine