Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Өзбекистан халқы узақ жасаў бойынша Орайлық Азияда биринши



Орайлық Азия мәмлекетлеринде жасаў даўамлылығы 1990-жыллардағы көрсеткиштен өтти ҳәм Өзбекистанда 73,8 жылға, Тәжикистанда 73,7 жылға, Қазақстанда 72,4 жылға, Қырғызстанда 70,9 жылға ҳәм Түркменистанда 70,4 жылға жетти.
Бундай мағлыўматлар «2018-жылда Орайлық Азиядағы ең әҳмийетли 10 ҳәдийсе» деп аталған аналитикалық шолыўда айтылған. Бул шолыў Халық аралық қатнасықлар бойынша Қазақстан кеңеси баслығы Ерлан Карин тәрепинен усынылған, деп хабар берди kun.uz.
Шолыўда келтирилген ҳәдийселерден бири Орайлық Азия мәмлекетлериндеги халық саны болды. Мәлим болыўынша, аймағымызда халық саны 2017-жылы 70 млн нан асқан. Каринниң айтыўынша, 2018-жылы аймақта балалар саны ҳәм олардың үлеси көбейиўи даўам етеди.
«2017-жыл басында 14 жасқа шекем балалар саны 20,5 млн ды қураған, олардың үлеси аймақтың 5 мәмлекети халқы улыўма санының 29 %ин қурады», - деп мәлим етти Карин.
Кеңес прогнозларына бола, туўылыўдың әмелдеги орташа темплери сақланып қалса, 2018-жылда Орайлық Азия мәмлекетлериниң балалар халқы улыўма халықтың 30%тине жетеди.
 
    2018-01-09 12:42:35 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine