Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Өзбекистан бизнес ушын ең қолайлы шәраятлар жаратыў бойынша жетекши 10 реформашы мәмлекет қатарына  кирди



Усы  жыл Өзбекистан бизнес ушын шәраятларды жақсылаўға ҳәрекет етип атырған  10  реформашы мәмлекет қатарына кирди, деп  хабар бермекте Экономика Министрлигиниң баспасөз хызмети.
Өзбекистанда бир жыл ишинде Жәҳән банкиниң “Бизнести жүритиў 2018” (Doing business) есабындағы  10  индикатордың 6 сы бойынша сезилерли өсиў белгиленген.
Яғный, исбилерменлик  субъектлерин мәмлекет дизиминен өткериў ҳәм есапқа қойыў системасы 11-орынға көтерилип, АҚШ, Япония, Франция, Германия, Италия, Испания, Даныя ҳәм басқа  раўажланған мәмлекетлерди артта қалдырды.
Ҳәзирги күни Өзбекистан кархананы дизимнен өткериў (11-орын), электр тармақларына жалғаныў (27), шәртнамалар орынланыўын тәмийинлеў  (39), кредитлеў системасы (55), миноритар инвесторлар қорғаўы (62), мулкти дизимнен өткериў (73) ҳәм салыққа тартыў (78) жөнелислери бойынша жәҳанниң  биринши 100 мәмлекети қатарынан орын алды.
“Бизнес жүритиў 2018” рейтингинде биринши орында Жаңа  Зеландия, кейин Сингапур, Дания, Корея Республикасы ҳәм Гонконг (Қытай) орын алған.
 
    2017-11-01 10:39:48 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine