Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Өзбекистан Аўғаныстаннан  Иранға  темир жол қурады



Өзбекистан ҳәм  Аўғаныстан бир қатар ҳүжжетлерди имзалаўды режелестирмекте. Бул Аўғаныстан Президенти Ашраф Ғанидиң Өзбекистанға  сапары шеңберинде әмелге асырылады. Анық болғанындай, Аўғаныстан мәмлекет басшысы ноябрь айында Өзбекистанға келиўи ҳаққында алдын хабар берилген еди.
Аўғаныстан Саўда-санаат палатасы рәсмий ўәкили Саям Пасарлайның айтыўынша,  усы сапар даўамында Өзбекистан ҳәм Аўғаныстан 16 түсиниў меморандумын имзалайды.
Бул ҳүжжетлер арасында Мазары Шарифтен  Ҳиратқа хәм Мазары Шарифтен  Қундузға созылған темир жолын қурыў бойынша меморандум да бар. Усы жойбар Аўғаныстанның 4 аймағынан өтеди. Өзбекистан болса бул жойбардан мәпдар, деп жазады басылым kun.uz. Аўғаныстан темир жол администрациясы баслығының орынбасары Абдулборий Сиддиқийдиң атап өтиўинше, жойбардың әмелге асырылыўы Өзбекистанның тиккелей Иран портларына шығыў имканиятын береди.
Жойбар Өзбекистан, Аўғаныстан, Қырғызстан, Иран ҳәм Қытай ортасындағы товар алды-саттысын күшейттиреди.
Тастыйықланыўы  күтилип атырған ҳүжжетлер, Өзбекистан ҳәм Аўғаныстан ортасында транзит ҳәм саўда-экономикалық байланысларды кеңейтиў бойынша машқалаларды шешиўге имкан береди.
 
    2017-10-31 07:11:13 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine