Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Өзбасымшалық пенен қурылған турақ жайларға мүлк ҳуқықын бериў бойынша Президент пәрманы жойбары додалаўға қойылды



Бул ҳаққында Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» каналы арқалы мәлим етилди. Жойбарды ислеп шығыўдан гөзленген мақсет, халықтың турақ жайға байланыслы ҳуқықларын әмелге асырыўы ҳәм социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў ушын қолайлы шараятларды жаратыў болып табылады.
Жойбарда пуқаралардың өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жер учуасткаларында қурылған ямаса имарат қурыў ушын руқсатнама алмастан қурылған турақ жайларға мүлк ҳуқықын бериў бойынша бир мәртелик улыўма мәмлекетлик акциясын жәриялаў нәзерде тутылмақта. Акцияны 2018-жылдың 31-декабрине шекем өткериў усыныс етилмекте.
Пәрман жойбарын додалаў 26-апрель күни жуўмақланады.
 
    2018-04-12 12:36:27 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine