Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

«Өнери өшпес тулға»



2019 жыл 12 февраль күни Қарақалпақстан Республикасы И. В. Савицкий атындағы мәмлекетлик көркем-өнер музейинде Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстанға мийнети   сиңген көркем-өнер ғайраткери, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, Қарақалпақ сүўретлеў өнери тарийхында биринши профессионал художник Кыдырбай Саиповтың (1939-1972)  80 жасқа толыўы мүнәсибети менен художниктиң дөретиўшилиги ҳәм өмир жолына бағышланған «Өнери өшпес тулға» атлы көргизбе ашылды. 
Музей фондында сақланып атырған  художниктиң 50 ге жақын театр эскизлери, жеке картиналары ҳәм художниктиң өмириндеги әжайып ўакыяларға бай дәўириy сәўлелендирген архив суӯретлери тамашагөйлер нәзерине усынылды.
Кыдырбай Саипов 15 жыллық театрда жумыс ислеген дәўиринде 50 ден аслам спектакллерди безеп сахналастырыўға ерискен. Художник театрдағы жумысы менен бирге жеке дөретиўшиликти де тең алып барған.
 
    2019-02-13 12:20:05 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine