Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутат Акмал Саидов Төрткүл районында жаслар менен ушырасты



Төрткүл районындағы 3-санлы балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектеби ҳәм Төрткүл банк колледжинде Өзбекистан Олий Мажлис нызамшылық палатасы депутаты, Өзбекистан Илимлер академиясы академиги Акмал Саидов жаслар менен ушырасты. Бул ҳаққында район ҳәкимлиги хабар бермекте.
Ушырасыўда депутат инсан ҳуқықлары, конституция тийкарлары, ҳәзирги күндеги әҳмийетли мәселелер ҳаққында айтып берди ҳәм жасларды қызықтырып атырған сораўларға жуўап берди. Ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси комитет баслығы Сағындық Турманов, район ҳәкими, прокуроры, Ишки ислер бөлими ҳәм Салық ҳәм басқа да шөлкем баслықлары қатнасты.
 
    2018-02-09 07:25:17 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine