Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Нызамсыз деп табылған диний мазмундағы файлларды тарқатқан пуқара жуўапкершиликке тартылды



Ишки ислер уйымы хызметкерлериниң алып барып атырған профилактикалық илажларының биринде 1983-жылы Беруний ра­йонында туўылған, Нөкис қаласы, А.Садиков көшесинде жасаўшы пуқараға тийисли «H7A238» маркалы қол телефоны ҳәм флешкарта ядында диний мазмундағы видео ҳәм аудио материаллар барлығы анықланып, бул буйымлары тийисли тәртипте айғақлы зат ретинде рәсмийлестирип алын­ған. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Дин ислери бо­йынша комитети экспертиниң берген мағлыўматларына тийкарланып, айғақлы зат ретинде рәсмийлестирип алынған телефон ядындағы диний мазмундағы мате­риалларды алып кириў, сақлаў, тарқатыў қадаған екенлиги анықланған.
Телефондағы дәлиллер ушын пукараға суд қарары менен жәрийма жазасы қолланылды. Бул ҳаққында «Еркин Қарақалпақстан» газетасы хабар берди.
 
    2018-10-17 11:31:03 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine