Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Nukus city qurılısı sebepli 400den aslam úy basqıshpa-basqısh buzıladı



Derek: uza.uz
 
ЎзА’ның жазыўынша, қала ишиндеги жаңа қаланың қурылыс жумыслары келеси жылы басланады.
Бүгинги күни Nukus city жойбарының жаңа варианты ислеп шығылған. Жаңа қалаша қала орайынан ағып өтетуғын «Дослық» каналының шеп жағасындағы майданға, яғный, «Туран» МПЖға қараслы аймақта қурылады. Қурылыс объектлери ушын биринши басқышта 43 гектар жер майданы таңланған болса, екинши басқышта бул 53 гектарға жеткериледи. Nukus city’диң улыўма майданы 70 гектардан артық болады.
Қурылыс ушын белгиленген аймақта 400ден артық жеке үйлер басқышпа-басқыш бузылыўы белгиленген. Социаллық әҳмийетке ийе айырым ири объектлер – мешит, спорт колледжи, суў бассейни, футбол стадионы ҳәм жаңадан қурылған 4-5 қабатлы үйлер бузылмайды.
Nukus city'да дәслеп 16 қабатлы үйлер қурылысы режелестирилген. Оннан тысқары 20 қабатлы мийманхана, бизнес орайлары, кеўилашар орынлар, банклер, саўда дүканлары қурылысы да нәзерде тутылған.
Жеке үйлерди бузып, көшириў жумыслары 3 басқышта алып барылады. Биринши басқышта 140 үйдиң бузылыўы ҳәм оның ийелерин басқа орынға көшириў жумыслары режелестирилген.
 
    2019-11-13 14:52:37 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine