Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Нөкистеги “Mega Nukus” саўда комплексиниң қурылысы кешигиўиниң себеби мәлим етилди



Нөкис қаласында жайласқан “Mega Nukus” саўда комплексиниң қурылыўы Қытайдан қурылыс шийки затының өз ўақтында жетип келмей атырғаны себепли кешикпекте. Бул ҳаққында саўда комплекси директоры Эльмира Шарипова Turon24 басылымына мәлим еткен.
Бул гиппермаркет өткен айда пайдаланыўға тапсырыўы режелестирилген еди. Нөкис қаласы ҳәкими Парахат Төрешов усы жылдың 28-июнь күни «Ҳәким ҳәм жаслар» ушырасыўында, сентябрь айында гиппермаркет ҳәм супермаркетлер пайдаланыўға тапсырылыўын айтқан еди. Бирақ мүддет жуўмақланғынына қарамай, аймақта қурылыс ислери еле даўам етпекте.
Саўда комплекс директоры Эльмира Шарипованың айтыўына қарағанда, ҳәзир комплексте жуўмақлаўшы безеў жумыслары алып барылмақта. Комплексти усы жылдың декабрь айында толық пайдаланыўға тапсырыў нәзерде тутылған.
Бес қабатлы объекттиң биринши қабатында «Корзинка» саўда дүкани, екинши, үшинши ҳәм төртинши қабатында хожалық буйымлары, кийим-кеншек дүканлары, бесинши қабатында улыўма аўқатланыў орынлары шөлкемлестириледи.
Мағлыўмат ушын, “Mega Nukus” саўда комплексин қурыў 2017-жылдың март айында басланған. Қурылысқа 55 млрд сўм қаржы ажыратылған болып, соннан 40 млрд сўмы мәмлекет кредити есабынан қапланған.
    2018-10-12 12:10:50 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine