Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Nókistegi joqarı oqıw ornında qospa fakultet ashıldı



Derek: kknews.uz
 
ТИТУ Нөкис фиилиалында Беларусь мәмлекетлик информатика ҳәм радиоэлектроника университети менен биргеликте қоспа факультет ашылды.
Мәлимлеме технологиялары қоспа факультетине бакалавриаттың төмендеги тәлим бағдарлары бойынша оқыўға ҳүжжетлерди қабыл етеди:
Мәлимлеме технологияларынының программалық тәмийнаты 25
Программаланатуғын мобил системалар 25
Бул факультеттиң питкериўшилери еки дипломға ийе болады: Муҳаммед әл-Хорезмий атындағы информациялық технологиялар университети ҳәм Беларусь мәмлекетлик информатика ҳәм радиоэлектроника университетиниң дипломлары.
Студентлерге стипендия төленбейди
Оқыў ушын төлемлер төмендегише:
-Биринши басқышта (ТИТУ де 1-2-курслар) жылына 1500 АҚШ доллары
-Екинши басқышта (БМИРУ де 3-4-курслар) жылына 2000 АҚШ доллары
Қабыллаў комиссиясына ҳүжжет қабыллаў 2019-жылдың 20-августине шекем даўам етеди.
Абитуриентлерди таңлап алыўда олардың рус тилин билиў дәрежеси белгиленеди. Таңлаў имтиханлары рус тилин билиў дәрежесине қарап әмелге асырылады.
Қабыллаў комиссиясының қарары менен төлем-контракт тийкарында Республикалық ҳәм ҳалықаралық олимпиадалар ҳәм жарыслардың жеңимпазлары таңлаўдан тысқары және таңлаған тәлим бағдары бойынша қарар қабыл етилиўи мүмкин.
Кириў имтиханлары 1-июльден 15-октябрге шекем қабыллаў комиссиясы тәрепинен тастыйықланған график тийкарында өткериледи.
 
    2019-06-27 16:54:24 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine