Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Нөкисте жолаўшы поезды 2002-жылы туўылған өспиримди басып кетти



Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң баспасөз хызмети Нөкис қаласы темир жол вокзалы жанында болған бахытсыз ҳәдийсе бойынша мағлыўмат берди.
Мағлыўматта айтылыўынша, 2019-жылдың 5-январь күни саат 13:45де Нөкис қаласы аймағынан өтип турған «Хожели-Нөкис» темир жолы перегонының 2-пикетиниң 699-километринде «Саратов-Ургенч-Ташкент» жолаўшы тасыўшы поездын тартып баратырған   тепловозы темир жол рельсиниң ортасында қулағында наушник тағып баратырған, Нөкис қаласында жасаўшы 2002-жылы туўылған пуқара Д.Р.ды қағып алған. Нәтийжеде, Р.Д. ўақыя болған жерде қайтыс болған. Бул жағдай бойынша ҳәзирги ўақытта тергеў алды сорастырыў жумыслары барылмақта.
 
    2019-01-07 17:28:19 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine