Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Нөкисте ҳаяллардың социаллық бейимлесиў мәсләҳәт орайы ашылды



Президентимиздиң 2018-жыл 2-июльдеги «Социаллық реабилитациялаў ҳәм бейимлестириў, сондай-ақ, шаңарақлық-турмыслық зорлық ислетиўдиң алдын алыў системасын жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Ҳаял-қызлар комитети ҳәм оның аймақлық бөлимлериниң жанында «Зорлық ислетиўден жәбир көрген шахсларды реабилитациялаў ҳәм бейимлестириў, өз жанына қастыянлық етиўдиң алдын алыў» орайларын үш басқышта ашыў режеси тастыйықланған.
Усы режеге бола, Қарақалпақстан Республикалық, Әмиўдәрья, Хожели, Шоманай, Қоңырат, Шымбай ҳәм Тахтакөпир районлық «Ҳаяллардың социаллық бейимлесиў мәсләҳәт» орайлары ашылып, жумыс алып бармақта. Бундай орайлар 2019-жылдың 1-шерегинде басқа районларда да ашылыўы режелестирилген.
Жақында Нөкис қаласында  жумыс баслаған «Ҳаяллардың социаллық бейимлесиў мәсләҳәт» орайының ашылыў мәресимине Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары, Ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Т.Норбоева, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары, Ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы З.Ибрагимова қатнасты.
 
М.ПИРНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.
    2018-11-15 12:13:42 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine