Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Нөкисте Юнеско қәнигелери тренинг өткерди



10-май күни ЮНЕСКОның Өзбекстандағы ўәкилханасынан бир топар қәнигелер пайтахтымызға келди. Олар Өзбекстан Көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлими менен бирликте дәстүрий тоқымашылық ҳәм инновациялық дизайн бойынша усы тараўға қызығатуғын қарақалпақстанлы жаслар ушын үш күнлик тренинг өткерди. Бул ҳаққында Қарақалпақстан хабар агентлиги мәлим етти. Тренинг марғуланлы дәстүрий тоқымашылық устасы Расул Мирзаахмедов ҳәм ЮНЕСКОның тынышлық ушын көркем өнер ғайраткери Биби Рассел тәрепинен алып барылды. Тренингтиң екинши ҳәм үшинши күнлеринде И.В.Савицкий атындағы қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейинде әмелий жумыслар алып барылды.
 
    2018-05-14 11:51:00 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine