Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Нөкисте шебер аспазлар таңлаўы өткериледи



Жақын күнлерде пайтахтымызда улыўмахалықлық Наўрыз байрамына бағышланып «Аспазлар таңлаўы» жарысы болып өтеди. Бул ҳаққында Қарақалпақстан хабар агентлиги мәлим етти.
Таңлаўда қала ҳәм районлардағы ресторан, кафе ҳәм асханалардан 40қа шамалас аспаздың қатнасыўы күтилмекте.
Таңлаў қатнасыўшылары тәрепинен таярланған тағамларды Өзбекстан Аспазлар бирлеспеси, халықаралық аспазлық орайы, «Қарақалпақ улыўма аўқатланыў» кәрханалары бирлеспеси, санитария-эпидемиологиялық бақлаў орайы ўәкиллеринен ибарат төрешилер қурамы баҳалап барады. Илаж жуўмағында биринши, екинши, үшинши орын ийелери, сондай-ақ, номинациялар бойынша жеңимпазлар анықланып, шөлкемлестириўшилер тәрепинен сыйлықланады.
 
    2018-04-11 11:25:15 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine