Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Нөкисте Өзбекстан кубогиниң жеңимпазлары анықланды



 Усы жыл 20-22-октябрь күнлери аралығында пайтахтымыздағы 1-санлы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде Өзбекстан Республикасы ҳуқық қорғаў уйымларының қол урысы федерациясы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги менен биргеликте спорттың қол урысы бойынша Өзбекстан кубоги өткерилди. Бул ҳаққында Қарақалпақстан хабар агентлиги мәлим етти.
Елимизде қол урысын раўажландырыў, күшли спортшыларды анықлап, олардың шеберлигин арттырыў мақсетинде шөлкемлестирилген жарысқа, республикамыздың бир қатар ўәлаятларынан ҳәм Ташкент қаласынан 2004-2005-2006 ҳәм 2007-жыллары туўылған ҳәм онан жоқары жастағы 858 спортшы қатнасты.
Үш күн даўам еткен жарыс жуўмағында Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң «Бүркит» командасы биринши, Наманган ўәлаятының спортшылары екинши, Наўайы ўәлаяты командасы үшинши орынды ийеледи.
Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом менен сыйлықланды.
 
    2018-10-25 17:05:04 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine