Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Нөкисте «Камалак билимданлары» таңлаўы басланды



1-3-май күнлери аралығында Нөкисте Өзбекстан жаслар аўқамы тәрепинен өткерилетуғын «Камалак билимданлары» таңлаўының Өзбекстан Республикалық басқышы өткериледи.
1-май күни Нөкис темир жол вокзалында Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятлардан келген қатнасыўшыларды ҳәм мийманларды салтанатлы күтип алыў мәресими өткерилди.
Таңлаўға Өзбекстан Республикасындағы барлық ўәлаятлардан ҳәм Ташкент қаласынан 7 жастан 14 жасқа шекемги болған барлық «Камалак» шөлкеми ағзалары 4 шәрт бойынша қатнаспақта. Таңлаў 2-3-май күнлери Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында өткериледи ҳәм таңлаў жеңимпазлары анықланады.
Таңлаўда жеңимпаз болған топар «Камалак кубоги», диплом ҳәм естелик саўғалары, сондай-ақ, елимиз бойлап шөлкемлестирилетуғын Бухара, Самарқанд, Шаҳрисабз, Қоқанд, Термиз ҳәм Хийўа қалаларының бирине  саяхат етиў имканиятына ийе болады.
 
    2018-05-02 06:32:57 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine