Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Nókiste “IT PARK” qurılmaqta



Derek: karakalpakstan.uz
 
Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласында Дәстүрий өнимлер ҳәм информация технологиялары технологиялық паркиниң Қарақалпақстан Республикасы аймақлық филиалы шөлкемлестирилмекте. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң баспасөз хызмети хабар берди.
Усы жумыслар менен жақыннан танысыў мақсетинде IT Center директоры Н.Алибеков ҳәм оның мәслаҳатшиси Ёкут Гёкхан Нөкис қаласына келди.
Сапар даўамында тийисли уйым басшылары менен ушырасыўлар шөлкемлестирилди. Буннан тысқары, Мухаммед ал-Хорезмий атындағы Ташкент информация технологиялары университетиниң Нөкис филиалында мийманлар тийисли тараў ўәкиллери, профессор-муғаллимлер ҳәм студент жаслар менен дөгерек сәўбетин өтти.
“IT PARK” – перспективалы жойбарларды жолға қойыў ҳәм оларды базарға алып шығыўға хызмет ететуғын, илим-пән мәкемелери менен интеграцияласыў арқалы әмелге асырыўға мөлшерленген комплекс болып, ол керекли имарат ҳәм үскенелерди өз ишине алады. “IT PARK” белсене талант ийелерин ҳуқықый, бухгалтерия, маркетинг ҳәм илимий-педагогикалық мәселелерде қоллап-қуўатлаў арқалы бизнес жойбарларын бизнеске айландырыў ушын барлық имканды беретуғын орын болады.
 
    2020-01-23 13:33:47 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine