Нөкисте Дене тәрбия ҳәм спорт университети филиалы ашылады
Спорт билимлендириў мәкемелерин тәжирийбели кадрлар менен тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан мәмлекетлик физикалық тәрбия ҳәм спорт университети базасында 2019-2020-оқыў жылынан баслап дене тәрбия ҳәм спорт тараўында жумыс ислеп атырған орта арнаўлы мағлыўматқа ийе тренерлер ушын арнаўлы сыртқы бөлимди шөлкемлестириў режелестирилмекте.
Бул ҳаққында Дене тәрбия ҳәм спорт министриниң биринши орынбасары Ойбек Қосимов ҒХҚ ўәкиллери ушын шөлкемлестирилген баспасөз конференциясында мәлим етти, деп жазады «Халқ сўзи онлайн».
Сондай-ақ, Нөкис қаласында (Нөкис спорт колледжи базасында) Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбия ҳәм спорт университети филиалын шөлкемлестириў бойынша Ҳүкимет қарары жойбары ислеп шығылып, тийисли министрлик ҳәм мәкемелер менен келисиў ушын усынылған.