Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Nókiste «Biz jınayatshılıqqa qarsımız» atamasında akciya ótkerildi



Derek: Jaslar awqamı
 
Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги, Қарақалпақстан Республика Мәденият министрлиги, Қарақалпақстан Республика Физикалық мәденият ҳәм спорт министрлиги, Арқа-Батыс Әскерий Округи, Өзбекстан Миллий гвардиясы 96038-әскерий бөлими, Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси ҳәм басқа да жуўапкер шөлкемлер менен биргеликте ғалабалық илаж – “Биз жынаятшылыққа қарсымыз” ураны астында акция өткерилди.
Жас эстрада жулдызларының қосықлары менен бир қатарда Арқа-Батыс Әскерий Округиниң қараўыл (фаҳрий қаровули) әскерлериниң көркемлик шығыўлары, әскерлер тәрепинен көрсетилген қол урыслары, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң әскерий техника ҳәм қурал-жарақ көргизбелери қатнасыўшыларда, әсиресе, жасларда үлкен қызығыўшылық оятты.
Илаж шеңберинде Өзбекстан жаслар аўқамы белсендилери тәрепинен жаслар арасында жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўға қаратылған флаерлер, буклетлер тарқатылып қатнасыўшылар және бир мәрте сергекликке шақырылды.
Усы сыяқлы ғалабалық илажлар жасларды Ўатансүйиўшилик руўҳында тәрбиялаўда, жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлар профилактикасы нәтийжелилигин асырыўда үлкен әҳмийетке ийе.
 
    2019-05-20 19:20:42 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine