Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Нөкисте байрам мүнәсибети менен «Маршрутка»лардың жүриў ўақты создырылды



Нөкис Транспорт басқармасы тәрепинен Жаңа жыл байрамы алдынан байрам күнлери қала аймағында жолаўшы тасыў менен шуғылланыўшы жөнелисли таксилер менен тәмийинлеў бойынша бир қанша жумыслар исленбекте. Бул ҳаққында басқарма қәнийгеси Амангул Раманова мағлыўмат берди.
Усы жылдың 15-декабрь сәнесинен баслап, 2018-жыл 1-январь күнлери халықтың автотранспортқа болған талабын қанаатландырыў мақсетинде Басқарма тәрепинен қала аймағында жолаўшы тасыў менен шуғылланыўшы кәрханалар менен биргеликте нәўбетшилик дүзилип, азанғы саат 07-00 ден саат 22-00 ге шекем халыққа төлемли хызмет көрсетиўи белгиленген. Түнги ўақытлары Нөкис қаласындағы ҳәр бир жөнелис баслықлары 2018-жыл 1-январьға шекем еки жөнелисли таксиди нәўбетшиликке қояды. Бул халыққа байрам тамашаларынан соң қала ишинде жөнелисли таксилерде мәнзилге жетиў имканын береди. Жол кирей баҳасы байрам күнлери қала аймағында 800 сўм етип белгиленген.
Егер де айырым жөнелислерде өз басымшалық пенен жол кирей баҳасының көтерилиў жағдайлары ушырасса оларға Басқарма тәрепинен шаралар көриледи. Пуқаралардың мүрәжатын қабыллаў ушын Өзбекистан автомобиль ҳәм дәрья транспорт агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасының 222 58 44 номери ислеп тур.
 
Лола Қаллыханова
журналист
    2017-12-29 07:28:51 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine