Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Нөкисте атлы ҳәм велосипедли патруль хызмети жолға қойылды



Қарақалпақстан хабар агентлиги мәлим етиўинше, енди жәмийетлик орынларда, халық тығыз жерлерде атлы ҳәм велосипедли патруль хызметкерлерин де ушыратыў мүмкин. Жәмийетлик тәртипти сақлаў, пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеў, ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў бағдарында Қарақалпақстан Республикасы ишки ислер министрлиги патруль-пост хызмети ҳәм жәмийетлик тәртипти сақлаў басқармасы және миллий гвардия менен биргеликте жумыс алып бармақта.
Бул илажлар Президентимиздиң басламасы менен турмысқа енгизилген «Қәўипсиз қала – қәўипсиз мәмлекет» концепциясына тийкарланып әмелге асырылмақта, – дейди Қарақалпақстан Республикасы ишки ислер министрлиги патруль-пост хызмети ҳәм жәмийетлик тәртипти сақлаў басқармасы баслығының орынбасары, подполковник Есемурат Қайыпназаров. Усындай хызметтиң жолға қойылыўы өз нәтийжесин бермекте, мәселен, 2018-жылдың январь айы даўамында Республика аймағында жынаят излеў тараўында жынаятлардың кемейиўине ерисилди.
Бүгинги күнде патруль-пост хызмети батальоны және миллий гвардия хызметкерлери елимиздеги көше ҳәм қыябанларда, адамлар көп топланатуғын орынларда турақлы түрде опертив тексериўлер, профилактикалық илажлар алып бармақта.
 
    2018-02-13 12:20:01 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine