Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Nókiste alımlar Merkuriy planetasınıń quyash diskinen ótiwin baqladı



Derek: www.uza.uz
 
2019-жылдың 11-ноябрь күни Қарақалпақстан аймағында Меркурий планетасының қуяш дискинен өтиўи гүзетилди. Бул әҳмийетли астрономиялық ҳәдийседен хабардар болыў ушын Өзбекстан илимлер академиясы Улуғбек атындағы Астрономия институты алымлары Нөкис қаласына келди. Процессти гүзетиў ҳәм жазып алыў жумыслары Нөкис қаласындағы ең бийик имарат – Ташкент мийманханасының 11-этажында алып барылды.
Бул ҳәдийсе Ташкент ўақты менен саат 17:36 да басланды ҳәм Меркурий планетасы Қуяш ҳәм Жер ортасында болды. Бул ҳәдийсе Өзбекстанда тек ғана Қарақалпақстан аймағында азырақ гүзетилди. Себеби басқа аймақларда бундай ўақытта қуяш батып кеткен болады. Нөкисте бул процесс қуяш батпасынан алдын 12 минут алдын басланды, - дейди Астрономия институты киши илимий хызметшиси Азизбек Матеков. – Бул ҳәдийсениң әҳмийети соннан ибарат, Қуяш системасы ҳаққындағы дурыс илимий дүньяқарас, яғный, геоцентрик (Жер орайда) емес, гелиоцентрик (Қуяш орайда) теориясының жүзеге шығыўында транзитлер әҳмийетли роль ойнаған.Бул ҳәдийсе Меркурий транзити деп те аталады. Бул ҳәдийсе кем гүзетилетуғын астрономиялық ҳәдийселерден болып, бир әсирде 13-14 мәрте гүзетилиўи мүмкин.
Меркурийдиң соңғы транзити 2016-жылы май айында гүзетилген болып, нәўбеттегиси 2032-жылы болады.
 
    2019-11-12 16:26:14 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine