Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Нөкисте 6 миллион евролық ыссыхана қурылмақта



Нөкис қаласында Голландияның Dalsem компаниясы помидор жетистириў ушын майданы 2,7 гектарга тең болған ыссыхана қурылмақта. Баҳасы алты миллион евроға тең болған жойбарды усы жылдың август айы ақырына шекем жуўмақластырыў режелестирилмекте. Бул ҳаққында AgroWorld Uzbekistan 2018 13-халықаралық көргизбесинде компания менеджери Фарҳад Раҳматов Spot басылымына билдирген.
Ыссыханада гидропоника системасы қолланылады, овощлар арнаўлы аспа лотокларда жетистириледи. Қурылма бәлентлиги жети метрге жақын болады. Ыссыханаларда ысытыўдың бирнеше басқышы қолланылады.
Шаңландырыў пал ҳәррелери жәрдеминде әмелге асырылады, бул экологиялық таза өним алыў имканиятын береди. Барлық системалар өсимликлер ушын оптимал микроықлым жаратыў ушын ойлап шығылған.
Нөкис қаласы ҳәкимлиги бул ыссыхананың Нөкис қаласында бой тиклеп атырған логистика орайының қурамында қурылып атырғанлығын билдиреди.
ҚХА
    2018-03-26 12:15:19 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine