Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Нөкисте 3 жоқары оқыў орнының филиалы шөлкемлестирилди



Ҳүкимет қарары менен Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбия ҳәм спорт университети, Наўайы мәмлекетлик кәншилик институты ҳәмде Самарқанд ветеринария медицинасы институтының Нөкис филиалы шөлкемлестирилди.
Қарар менен усы филиаллардың структурасы ҳәмде бакалаврлар таярлаў бойынша билимлендириў бағдарлары тастыйықланды.
2019-2020-оқыў жылында ҳәр бир филиалға 50 студент қабыл етиледи.
2020-2021-оқыў жылынан баслап усы Филиалларға студентлерди қабыл етиў саны белгиленген тәртипте ҳәр жылы тастыйықланатуғын республика жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыл етиў квоталарынан келип шыққан ҳалда әмелге асырылады.
 
Дерек: https://t.me/huqiqiymalimleme
    2018-11-14 17:56:42 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine