Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Нөкис районы ҳәкимине орынбасар тайынланды



Өтегенов Қалбай Қоңыратбаевич Нөкис районы ҳәкиминиң санаатты раўажландырыў, капитал қурылыс, коммуникациялар ҳәм коммунал хожалығы мәселелери бойынша орынбасары болып тайынланды. Бул ҳаққында район ҳәкимлиги хабар берди.
Ол 1965-жылы 2-августта Нөкис қаласында туўылған. 1992-жылы Самарқанд мәмлекетлик архитектура-қурылыс институтын питкерген. 1992-2018-жыллар даўамында Нөкис районы 30-санлы мектеп муғаллими, Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик архитектура ҳәм қурылыс комитетиниң ислеп шығарыў бюросы архитекторы, Нөкис районы бас архитекторы, Нөкис қаласы «Дәўир-жойбар» ЖШЖ архитекторы, Қарақалпақстан Республикасы архитектура ҳәм қурылыс бөлиминиң қаласазлық норма ҳәм қағыйдаларына әмел етиўин қадағалаў  бойынша архитектор ҳәм тағы басқа да бир қанша лаўазымларда жумыс ислеген.
    2018-10-08 07:24:12 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine