Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Нөкис районы: «Абат аўыл» бағдарламасы – әмелде



«Абат аўыл» бағдарламасы шеңберинде Нөкис районы «Саманбай» АПЖ «Қус ферма» аўылында ҳәм «Бақаншақлы» АПЖ «Қайшылы» аўылында қурылыс ҳәм абаданластырыў ислери әллеқашан басланып кетти. Президентимиз басламасы менен турмысқа енгизилип атырған бундай илажлар аўылларда жасаўшы пуқаралардың жасаў шараятының түптен өзгериўине себеп болмақта, деп хабар берди район ҳәкимлиги.
«Саманбай» АПЖ «Қус ферма» аўылында 110 шаңарақ болып, онда 500ден аслам пуқара жасайды. Бүгинги күнде аўылда турақ жайларды оңлаў ҳәм абаданластырыў жумыслары алып барылмақта. Буннан басқа режеде ислениўи нәзерде тутылған 3 километрден аслам ишимлик суў тармақларына бүгинги күнде 120м ишимлик суў тармақлары трубалары таярлап қойылған. 585м газ тармақлары қайта оңланып, 550м кабел тартылған.
Жәмәәтшилик исши топар тәрепинен 8 хожалықтың нызамсыз тийкарда салынған дийўаллары бузылды, 180м жап-салмалар тазаланды.
    2018-05-14 07:13:49 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine