Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Нөкис районның қызы ҳәкимнен «Ролик» майданшасын ашыў ушын кредит алыўға жәрдем бериўин сорады



«Қутанкөл» агроэкономикалық кәсип-өнер колледжинде Нөкис район ҳәкими, Өзбекистан жаслар аўқамы Нөкис районлық Кеңеси, район прокуратурасы ҳәм бир қатар тийисли тараў басшылары тәрепинен колледж питкериўшилери менен «Ҳәким ҳәм жас фермерлер» атамасында ашық сәўбет өткерилди. Бул ҳаққында район ҳәкимлиги хабар бермекте.
Ашық сәўбетте район ҳәкими А.Сейтахов мәмлекетимизде исбилерменлерге ҳәм фермерлерге жаратылған имканиятлар ҳаққында бир қатар мысаллар келтирип  өтти. Буннан соң Жаслар аўқамы  Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң орынбасары С.Оразалиев шығып сөйлеп, Өзбекистан жаслар аўқамы тәрепинен жаратылып атырған жеңилликлер менен таныстырды.
Ашық сәўбет даўамында райондағы орта арнаўлы кәсип-өнер колледжлери питкериўшилери, аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларынан келген жаслар өзлерин қызықтырған сораўларын берди. «Ақмаңғыт» ППЖ турғыны Г.Турсымуратова «Ролик» майданшасын ашыў ушын кредит алыўға жәрдем бериўин сорады. Сондай-ақ, «Бақаншақлы» ҳәм «Кердер» АПЖлары турғынлары С.Пирниязов ҳәм Ш.Нызаматдиновалар шарўашылық пенен шығылланыў ушын жеңиллетилген кредитлер алыў бойынша мәсләҳәтлер сорады.
Ашық сәўбет даўамында райондағы  кәсип-өнер колледжлери питкериўшилери, аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларынан келген жаслар өзлерин қызықтырған сораўларын берди.
Ашық сәўбетте колледж  питкериў  қызықтырған сораўлары ҳәм де машқалалары бойынша тийисли қәнигелерден жуўаплар алды.
    2018-02-02 10:38:01 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine