Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Нөкис районда көшпели қабыллаў болып өтти



28-сентябрь күни Нөкис районы «Бақаншақлы» АПЖда көшпели қабыллаў болып өтти. Бул ҳаққында район ҳәкимлиги хабар берди. Бул көшпели қабыллаў сектор басшылары ҳәм тийисли тараў басшылары  биргеликте район аймағында жүз берип атырған машқалаларды үйрениў, шешими бар болған мәселелерди сол жердиң өзинде шешиў мақсетинде өткерилди.
Көшпели қабыллаўда район турғынлары өзлерин көп жыллардан берли қыйнап жүрген машқалалары менен мүрәжат етти. Әсиресе, ишимлик суўы, тәбийғый газ ҳәм электр тәмийнаты, ишки жолларды оңлаў бойынша жигирмадан аслам мүрәжатлар билдирилди. Көшпели қабыллаўда «Саманбай» АПЖ турғыны Пиралиева Нуржамал турақ жай менен тәмийинлеў мәселеси бойынша, «Бақаншақлы» АПЖ турғыны Аташова Райма турақ жайына оңлаў жумысларын ислеўге жәрдем бериўин сорап мүрәжат еткен болса, усы аймақта жасаўшы Айтымбетов Рустем таза массивтен салынған турақ жайлардың көше жолларын белгилеп бериўин сорап мүрәжат етти. Сондай-ақ, «Қырантаў» АПЖдан нураный Ықласбай Аманбаев Шортанбай поселкасында жайласқан үш мектеп, бир колледж, балалар бақшасы ҳәм шаңарақлық поликлиникасын тәбийғый газ бенен тәмийинлеў мәселеси менен мүрәжат етти.
Мүрәжатлардың көпшилиги сол жердиң өзинде унамлы шешимин тапты. Ал, айырым мәселелер «Жол карта»сына киргизилип тийисли тәртипте шешилетуғын болды.
 
Ж.СЕЙДУЛЛАЕВ
    2018-10-05 12:31:03 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine