Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Nókis rayonda jaslar menen ushırasıw ótkerildi



Derek: nukus.rk.uz
 
Нөкис районы 15-санлы Балалар музыка ҳәм көрем өнер мектебинде Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги тәрепинен «Ўатанға хызмет-уллы пазийлет» ураны астында жаслар менен ушырасыў өткерилди. Ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги ҳәм район ҳәкимлиги тәрепинен жаслар арасында өз белсендилигин көрсетип киятырған жаслар, Жынаятшылық ҳәм ҳуқуқбузарлықтыӊ алдын алыўда белсенди “ Пидайы жаслар” патруль топары ағзасы ҳүрмет жарлықлар ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.
Ушырасыў жуўмағында, районлық ҳәкимияты алдында Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниӊ арнаўлы техникалар ҳәм көргизбели шығыўларды тамаша етти. Усындай тыныш, параўан ҳәм абадан ўатанда жасап атырған халкымыз, елимизде жасап атырған ҳәр бир инсанныӊ ўатан алдындағы ўазыйпасы өз елин қорғаўы ҳәм бул жолда ер азаматларымыздың хызмети айрықша екенлигин жаслар көрип гүўасы болды.
 
    2020-02-04 13:41:10 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine