Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Нөкис районда чемпионат өткериледи



Усы жыл 10-12-май күнлери аралығында Нөкис районындағы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде «Жедел исбилерменликти, инновациялық идеяларды ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылы»на бағышланып спорттың стол тенниси түри бойынша 2002–2003–2004-жыллары туўылған ҳәм оннан киши жастағы жас өспиримлер ҳәм қызлар арасында Қарақалпақстан Республикалық чемпионаты өткериледи.
Жарыс халықаралық стол тенниси федерациясы қағыйдаларына муўапық өткериледи. Жарыслар жеке, жуплық ҳәм аралас жуплық тәртибинде  өткериледи.
Жарыстың 1-2-3-орын жеңимпазлары Қарақалпақстан Республикасы Дене тәрбия ҳәм спорт министрлиги тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланады.
Сондай-ақ, жарыс жеңимпазлары ҳәр бир категория бойынша Республикалық сайланды команда қурамына муўапықластырылып, Өзбекстан Республикасы көлеминде өткерилетуғын спорт жарысына қатнасыў имканиятына ийе болады, бул ҳаққында Қарақалпақстан хабар агентлиги мәлим етти.
 
    2018-05-02 06:32:16 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine