Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Нөкис районда Аўғанстан урысы тамам болғанының 30 жыллығына арналған байрам өткерилди



1979-жыл басланған Аўғанстан урысы кимниң болса да жүрегин сызлатады. Бул урыс ата-ананы перзентинен, перзентти атасынан, кимдидур жақынынан айырды. 1979-1988-жыллары Қарақалпақстан Республикасынан Аўғанстанға 2816 азамат атланған болса, соннан 88и дүньядан көз жумған.
Мине усындай ер-азаматларды еслеў ҳәм қәдирлеў бәршемиздиң миннетли ўазыйпамыз саналады.
Аўғанстан урысы тамам болғанының 30 жыллығына бағышланып ушырасыў ҳәм байрам илажы өткерилди.
Ушырасыўға район ҳәкими А.Сейтахов, районлық қорғаныў бөлими баслығы Р.Есебаев, район прокуроры Ш.Алламбергенов, ишки ислер бөлими хызметкерлери, Аўған урысы қатнасыўшылары қатнасты.
Ушырасыўда сөзге шыққанлар жыйналғанларды байрам менен қутлықлап, олардың ел тынышлығы жолында атқарған хызметлерин, мийнетлерин мақтаныш пенен еске алды.
Буннан соң бир қатар жаўынгер интернационалистлерге орден ҳәм медаллар салтанатлы түрде тапсырылды ҳәм арнаўлы саўғалар берилди.
Районлық мәденият бөлими тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен байрам кешеси даўам етти.
 
Дерек: Нөкис районы ҳәкимияты
    2019-02-14 11:03:56 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine