Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Nókis qalasında kóshpeli qabıllaw ótkerildi



Derek: kknews.uz
 
Усы жыл 23-июльде Нөкис қаласы «Гөне қала» МПЖда Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети баслығының орынбасары Баҳадир Турабов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик салық басқармасының баслығы Қ.Халмуратовтың гезектеги көшпели қабыллаўы өткерилди.
Оған Нөкис, Хожели, Тақыятас районларының тийисли тараў басшылары ҳәм турғынлары қатнасты. Пуқаралардың мүрәжатларының көпшилик бөлеги коммуналлық хызмет көрсетиў, суў, газ, электр энергиясы тәмийнаты менен байланыслы мәселелер болды. Асфальт жолдың, аймағында балалар бақшасының, көшелеринде түнги жақтыландырыўдың, телефон байланысының жоқ екенлиги, каналларға пиядалар көпирин салыў керек екенлиги сыяқлы мәселелер де айтып өтилди.
Қабыллаўда, жәми 50ге шамалас мүрәжат тыңланып, олардың айырымлары усы жердиң өзинде өз шешимин тапты ҳәм билдирилген пикир-усыныслар үйренип шығылыўы ушын есапқа алынды ҳәм шешими бойынша тийисли шөлкемлерге көрсетпелер берилди.
 
    2019-07-24 17:58:50 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine