Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Нөкис қаласы ҳәкими АҚШтан келген Сара Уолтер менен ушырасыў өткерди



Усы жылдың 28-январь ҳәм 2-февраль күнлер аралығында Америка Қурама штатларының Орайлық Азия бойынша халық аралық раўажланыў агентлиги баслығының орынбасары Сара Уолтердың Республикамызға болған сапарынан гөзленген мақсет агентликтиң Өзбекистандағы искерлиги, агентлик тәрепинен қаржыландырылған жойбарлардың әмелге асырылыўы мониторингин додалаўдан ибарат болды. Бул ҳаққында ҳәкимият хабар бермекте. Мийман дәслеп Нөкис қаласы ҳәкимиятында қала ҳәкими, Республика сыртқы ислер ҳәм ден саўлықты сақлаў минстрликлери, Республикалық туберкулезге қарсы гүресиў диспансери, сондай-ақ, «Исеним» мәмлекетлик емес, коммерциялық емес шөлкеми ўәкиллери менен өз-ара сәўбетлесиў өткерди. Сәўбет барысында еки ел арасындағы шериклик бағдарламаларының әмелге асырылыўы, нызам үстемлиги тараўындағы шериклик, адам саўдасы ҳәм туберкулез кеселлигине қарсы гүресиў бойынша мәселелер айрықша сөз етилди. Сондай-ақ, мийманлар хызмет сапары даўамында Игорь Витальевич Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейинде болып, бийбаҳа экспонатлар менен танысты.
Сондай-ақ, мийманлар елимиздеги социаллық экономикалық раўажланыўлардың гүўасы болды.
 
    2018-02-12 07:33:19 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine