Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Нөкис қаласы «Ташкент» мийманханасы жанындағы айланба бузылып атыр



Нөкис қаласындағы «Ташкент» мийманханасы жанындағы Төрткүл гүзәри менен «Қарақалпақстан» көшесин байланыстырыўшы үлкен айланба бузылып атыр. Бул ҳаққында "KRuz.uz" сайтында Шуҳрат Саидаҳмадов хабар берди.
Мәлим етилиўинше, айланбаның орнында үлкен кесилиспе қурылады. Бул айланба Нөкис қаласындағы ең үлкен ҳәм машиналар көп жүретуғын жерде жайласқан. Бул жерде көп тығылыс болады. Соның ушын бул айланба бузылып, орнына машиналар қатнаўын тәртипке салыўшы үлкен кесилиспе қурылады. Кесилиспе орайында бир неше светофорлар орнатылады.
Кесилиспе жақын бир-еки ай ишинде иске түсиўи мүмкин.
 
    2018-12-14 12:16:39 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine