Нѳкис қаласы мәмлекетлик хызметлер орайында 2018-жыл басынан 103 мыңға жақын мәмлекетлик хызмет кѳрсетилди
Ҳүрметли Президентимиз ең биринши итибарды халық пенен пикирлесиўге, олардың ѳмириндеги ҳәр қыйлы тәшўиш ҳәм машқалаларын нәтийжели шешиў системасын жаратыўға қаратты.
Президентимиз тәрепинен 2017-жыл 12-декабрь күни халқымызға мәмлекетлик хызметлерди кѳрсетиў системасын түптен реформалаў ис-иләжлары ҳаққындағы 5278-санлы Пәрманына муўапық буннан былай «Пуқаралар емес ҳүжжетлер ҳәрекетленеди» принципын әмелде орынлаў ҳәм халқымыздың мәмлекетлик органлары ҳәм олар тәрепинен кѳрсетилетуғын хызметлерге болған исенимин ақлаў мақсетинде Ѳзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы мәмлекетлик хызметлер Агентлиги ҳәм исбилерменлик субъектлери менен бирге халқымызғада мәмлекетлик хызметлерди кѳрсетиўши Мәмлекетлик хызметлер орайлары шѳлкемлестирилди.
Мәмлекетлик хызметлер орайлары 2017-жылдың январ айынан ѳз жумысын 37 түрдеги мәмлекетлик хызметлерди кѳрсетиўден баслады. Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 11-апрельдеги мәмлекетлик хызметлерди кѳрсетиў системасын жедел раўажландырыў бойынша қосымша ис-иләжлар ҳаққындағы 3662-санлы Қарары қабыл етилди. Бул қарарда мәмлекетлик хызметлерди кѳрсетиў барысындағы тәртип қағыйдаларды ҳәм олардың мүддетлерин түптен қысқартыў, бланка, формаларды сезилерли дәрежеде оптималластырыў, келешекте мәмлекетлик хызметлерди енгизиўди жәнеде жеделлестириўди тәмийинлеў мақсетинде халықтың мүтәжлигинен келип шыққан ҳалда, халықтың талабы жоқары болған ең әқимийетли 70ден 100 түрдеги мәмлекетлик хызметлерди 2018-жылдың 1-июнь күнинен тәжирийбе сыпатында айрым мәмлекетлик хызметлери орайлары тәрепинен кѳрсетилиўи жолға қойылды.
Ҳәзирги күнге келип, Нѳкис қаласы мәмлекетлик хызметлер орайында 100 түрден аслам хызметлер кѳрсетилип келмекте.
2018-жылдың 1-январь күнинен усы күнге шекем орайымыз тәрепинен физикалық ҳәм юридикалық шахсларға 103 мыңға шамалас мәмлекетлик хызметлер кѳрсетилди. Соннан 97 мыңнан асламы физикалық шахсларға кѳрсетилген хызметлер болды. Бул хызметлердиң ишинде ең әҳмийетли ҳәм халқымыз кѳп жыллардан берли шешилиўин күткен машқалаларының бири ѳз басымшалық пенен ийелеп алған турақ жайларына мүлк ҳуқықын алыў бойынша 2500 ден аслам мүрәжетлер келип түскен. Бул мүрәжет ийелериниң 1200ден асламына, ѳзбасымшалық пенен қурылған турақ жайына мийрастан мийрасқа ѳтиўши ѳмирлик мүлк ҳуқықы берилиўине ерисилди.
Сондай ақ, узақ шет посёлкаларда жасайтуғын, орайға келиў имканияты болмаған пуқараларға ҳәм исбилерменлик субъектлерине кѳшпели түрдеги мәмлекетлик хызметлерин кѳрсетиў жолға қойылған болып, орайға кѳшпели хызметлерди кѳрсетиў ушын арнаўлы транспортлар ажыратылды. Орай хызметкерлери тәрепинен бул автотранспортлардан пайдаланған ҳалда халықтың аўырын жеңил қылыў мақсетинде жыл басынан усы күнге шекем 1500ге шамалас кѳшпели мәмлекетлик хызметлер кѳрсетилди.
Қ.Оспанова
Нѳкис қаласы мәмлекетлик хызметлер
орайы бас қәнигеси