Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Нәгиранлығы болған шахслардың шофёр ҳәм шофёрлыққа талабан сыпатында медициналық тексериўден өтиў тәртиби белгиленди



Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигинде Шофёр ҳәм шофёрлыққа талабанларды транспорт қуралларын басқарыўға жарамлылығын тексериў ушын медициналық тексериўден өткериў тәртиби ҳаққындағы режеге өзгерис ҳәм қосымшалар мәмлекетлик дизиминен өткерилди, деп хабар берди Әдиллик министрлиги телеграм каналында.
Реже менен майыплығы болған шахслардың Шофёр ҳәм шофёрлыққа талабан сыпатында медициналық тексериўден өтиў тәртиби анық белгиленди.
Алдын бундай шахслар шофёрлық ушын медициналық тексериўден өтиўде машқалаларға дус келер еди.
Енди, майыплығы болған шахслардың арнаўлы үскенелер менен қайта үскенеленген ҳәм автомат узатқышлы жеңил автотранспорт қуралларын басқарыўға жарамлылығын анықлаў ушын дәслепки ҳәм дәўирли медициналық тексериўден өткериў қарсылықсыз әмелге асырылады.
Сондай-ақ, ҳүжжетте майыплығы болған шахсларды медициналық тексериўден өткериў тәртиби, мүддетлери ҳәмде медициналық тексериўден өтиўи лазым болған майыплық тайпалары белгиленди.
 
    2018-05-15 07:10:53 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine