Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Narınjan ziyarat ornında qayır-saqawat ilajları ótkerildi



Derek: paziylet.uz
 
Еллик қала районы "Абдуллаҳ Нарынжаний" зиярат орнында ислеўшилер тәрепинен жыл даўамында қайыр-иҳсан илажлары өткерилип турылады.
Бундай илажлар быйыл жыл басынан берли 28 мәрте өткерилген болып, бул иләжларда бағыўшысын жоғалтқан, жәрдемге мүтәж, имканияты шекленгенлер, нәгиранларлығы бар адамлар, жетим-жесирлерге, жәми 49 шаңараққа еки миллион жети жүз елиў бес мың сўмлық азық-аўқат өнимлери тарқатылған, сондай-ақ, еки жүз жигирма мың сўм нақ пул материаллық жәрдем сыпатында берилген. Оннан басқа, бундай иләжлар даўамында имам-хатиблердиң үгит-нәсиятлаў ислери себепли өзине тоқ адамлар тәрепинен затлай жәрдемлер берилген.
Соны да еслетип өтиў орынлы, «Абдуллаҳ Нарынжаний» зиярат орны «Ўақф» қайырхомлық шөлкемине қараслы. «Ўақф» қайырхомлық шөлкеми журтымыз бойлап көплеген қайырлы ислерди әмелге асырып келмекте.
 
    2019-10-23 16:01:09 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine