Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Наманганда да автозавод қурылады



Наманган ўәлаятында да автозавод қурылады. Бул ҳаққында Президент Шавкат Мирзиёев Норин районы ҳәкимлигинде болып өткен видеоселектор жыйналысында мәлим етти, деп хабар берlи «Дарё» хабаршысы.
Президент Наманган ўәлаятында халық жан басына туўра келетуғын дәрамат, санаат өнимлери ислеп шығарыў ҳәм хызмет көрсетиў мәмлекеттеги орташа көрсеткиштен бир неше есе төмен екенин, айырым районларда санаат кәрханалары улыўма жоқ екенин сынға алды.
- Наманганның санаат потенциалын раўажландырыў ушын Қубла Кореяның Hyundai компаниясы имканиятларынан пайдаланыў мәселеси көрип шығылады. Бул - мәмлекетте  автомобильзаслық тармағын кеңейтиў менен бирге, ўәлаят ушын әҳмийетли болған жаңа жумыс орынларын жаратыўға да себеп болады, - деди Шавкат Мирзиёев.
Мағлыўмат ушын, ҳәзир Наманган қаласында автомобиль фаралары ислеп шығарыўшы UzChasys қоспа кәрханасы жумыс ислеп тур.
 
    2018-05-03 06:31:26 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine