Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Муғаллимлерге жеңилликли ипотека ҳәм автомобиль кредитлерин ажыратыў ушын арнаўлы фонд шөлкемлестириледи



Өзбекстан Республикасы халық билимлендириў министрлиги жанында тараў хызметшилерине жеңилликли кредитлер ажыратыў менен шуғылланатуғын арнаўлы фонд шөлкемлестирилиўи режелестирилген.
Буннан тысқары, фонд тараў хызметшилери ушын арзан үй-жай қурылысын қаржыландырыў менен де шуғылланады. Бул ҳаққында Президент қарары жойбарында келтирилген. Усынысты Халық билимлендириў министрлиги кириткен.
Қарарда айтылыўынша, фондты шөлкемлестириўден мақсет – билимлендириў тараўы хызметишлериниң турмыс жағдайын тәмийинлеў ҳәм жасаў шәраятларын жақсылаў. Сонлықтан фонд билимлендиў тараўы хызметшилерине ипотека, автомобиль ҳәм тутыныў кредитлерин береди.
Буннан тысқары, жаңа фонд Өзбекстанда кымбат баҳалы қағазлар базарын раўажландырыўға көмеклеседи. Фондтың тийкарғы мақсетлеринен бири – секюритизация менен шуғылланыў, яғный ипотека кредитлерине тийкарланған қымбат баҳалы қағазлар шығарып халыққа сатыў.
Фондтың устав капиталы 100 млн АҚШ долларына тең болады. Қосымша қаржылар халық аралық финанс институтлары ҳәм басқа шөлкемлерден грант тийкарында алыныўы мүмкин.
Фондтың секюритизация менен шуғылланыў искерлигине қымбатлы қағазлар бойынша әмелдеги нызамлар енгизилмейди.
    2018-11-01 16:04:21 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine