Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Moynaqtaǵı Shaǵırlı-Porlıtaw jolı asfaltlanbaqta



Derek: kknews.uz
 
Мойнақ районындағы «Шағырлы-Порлытаў» жолы жаңадан асфальтланбақта
Мойнақ районы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы тәрепинен  «Бозатаў» ҳәм «Мәдели» АПЖларына қараслы Шағырлы-Порлытаў аўыллары аралығындағы жергиликли әҳмийеттеги автомобиль жолларын онлаў жумыслары жедел алып барылмақта. Бул жумысларға материалллар өз ўақтында жеткерилип берилмекте ҳәм асфальтлаў жумысларына зәрүр техникалар тартылған.
Усы аймақта «Көк суў» көли жайласқан. Ол жерде еки жылдан берли «Арал балықларынан 99 түрли тағам» атамасындағы дәстүрий фестиваль шөлкемлестирилмекте. Сондай-ақ, быйыл усы орында Халықаралық пресс клуб та өткерилди. Өз-өзинен көринип турғанындай соңғы жылларда бул жолларда автотранспортлардың ҳәрекети жеделлести.
Ҳәзирги ўақытта 1 км жолға асфальт төселген болып, қалған 2 км жолды асфальт төсеўге таярлаў жумыслары алып барылмақта. Асфальт жол тез арада пайдаланыўға тапсырылады.
 
    2019-07-16 18:05:01 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine