Moynaqta tekstil fabrikası ashıldı
Derek: karakalpakstan.uz
Мойнақ районында «Мойнақ текстиль» жуўапкершилиги шекленген тигиўшилик фабрикасы пайдаланыўға тапсырылды.
Усы жылдың февраль айында қурылыс жумыслары басланған фабрикада жумысшылар ушын барлық шәраятлар жаратылып, фабрикаға Қытай ҳәм Туркиядан заманагөй компьютер технологияларына жалғанған 320 тигиў машиналары орнатылған. Сондай-ақ фабриканың жанынан ислеп шығылған өнимлерди сатыўға арналған дүкан да ашылды.
Жумыс баслаған фабрикада жергиликли 350 ҳаял-қыз жумысқа орналасты.