Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Moynaqta Qıtay kompaniyası menen investiciyalıq shártnama dúzildi



Derek: New Muynak City
 
Усы жылдың 4-октябрь күни Қытайдың “Panjin Jijia Ecological Board Industry Co., Ltd” компаниясының басқарыў баслығы Жанг Бинг Кун (Zhang Bing Kun) басшылығында компания қәнигелеринен ибарат делегация Мойнақ районына келди.
Компания районда қамысты қайта ислеў арқалы таяр қурылыс материалларын ислеп шығарыўға қызығыўшылық билдиргени себепли Өзбекстан Республика Бас прокуратурасының Қарақалпақстан Республикасы Мойнақ районын раўажландырыўға байланыслы нызамшылық орынланыўы үстинен қадағалаў басқармасы тәрепинен Мойнақ районының инвестициялық имканиятлары, инвесторлар ушын жаратылған жеңилликлер ҳаққында толық мағлыўмат берилди ҳәм районда жайласқан тәбийий көллер менен қамыслықлар орынға барған ҳалда таныстырылды.
Өткерилген сөйлесиўлер нәтийжесинде Бас прокуратура ҳәм “Ўзқурилиш материаллари” АЖ бирлеспеси қоллап-қуўатлаўында “Panjin Jijia Ecological Board Industry Co., Ltd” компаниясы ҳәм Өзбекстанның “Toshkent Plast Polimer Co., Ltd” кәрханасы ортасында қамыстан ДСП ислеп шығарыўды жолға қойыў бойынша қуны 45 млн.АҚШ долларлық инвестициялық шәртнама тастыйықланды.
 
    2019-10-08 12:42:02 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine