Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Moynaqta diyxanshılıq ushın jańa jerler ashılmaqta



Derek: New Muynak City
 
Ѳзбекстан Республикасы Президенти басламасы менен Мойнақ районын экономикалық - социаллық раӯажландырыӯ бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта. Усындай жумыслар қатарында районда аӯыл хожалығы тараӯын раӯажландырыӯ, халықтыӊ овощ ҳәм палыз ѳнимлерине, мийӯелерге болған талабын қанаатландырыӯ мақсетинде бурын пайдаланылған, лекин ҳәзирги ӯақытта айланыстан шыққан жерлерди ҳәм оларға суӯ жеткеретуғын канал, жап-салмаларды тазалаӯ, қайта ислеӯ  иләжлары әмелге асырылмақта.
Районныӊ «Бозатаӯ» АПЖ, Қыпшақдарья аӯылында Ѳзбекстан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлиги, районныӊ 300 ден артық жәмлеспеген жаслары ҳәм активлери 200 гектар майданды егиске таярлаӯ жумысларын баслап жиберди. Бул жерде жаслар бағы ҳәм теплица шѳлкемлестирилиӯи режелестирилмекте.
 
    2020-01-24 12:32:53 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine