Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Мойнақта жаслар форумы өткерилди



Өзбекстан ХДП Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси ҳәм шөлкемлер менен биргеликте «Жаслар – келекшек таянышы» ураны менен жаслар форумы өткерилди. Дәслеп, районлық музыка ҳәм санаат мектебинде форумның ашылыў салтанаты болды. Буннан соң жәмлеспеген, имканияты шекленген жаслардан хабар алынды. «Жынаятсыз келешекке қарай» бағдарламасы тийкарында аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларында ушарсыўлар шөлкемлестирилди. «Жасларды жат идеялардан ҳәм түрли қараслар тәсиринен сақлаў мақсетимиз», «Жаслар мәнаўиятын жетилистириўде китапқумарлықтың әҳмийети», «Биз саламат турмыс тәризи тәрепдарымыз», «IT технология ҳәм жаслар» темаларында «Кемелер қәбиристаны»нда семинар-тренинглер, мастер-класслар исленди. Сондай-ақ, спорттың фудбол түри бойынша жәмлеспеген жаслар арасында жарыс өткерилди.  Оқыўшы, жаслардың «Жаслар пәрўазы» қол өнер көргизбесинен соң гала концерт пенен кеўилли жуўмақланды.
 
    2018-04-13 12:13:25 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine