Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Мойнақта Өзбекстандағы биринши қуяш фотоэлектрстанциясының ирге тасы қойылды



26-январь күни Өзбекстан Республикасы Бас прокуроры О.Б.Муродов ҳәм Бас министриниң биринши орынбасары А.Ж.Раматов хызмет сапары менен Мойнақ районында болды..
Өзбекстан Республикасы Бас прокуроры О.Б.Муродов ҳәм Бас министриниң биринши орынбасары А.Ж.Раматов Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Т.Ерниязов пенен бирге Мойнақ районындағы көп этажлы турақ жайлардың қурылыс жумысларының барысы менен танысты.
Буннан соң районда қурылыў жобаластырылған «Ҳәсиретли ана» естелиги, мийманхана, жабық жүзиў бассейни, монша, балалар музыка ҳәм көркем өнер музейи, балалар дем алыў лагери ҳәм Өзбекстанда биринши мәрте қурылатуғын қуяш фотоэлектрстанциясының ирге тасын қойды.
Ҳүкимет ўәкиллери райондағы «Өнерментлер аўылы»ның шөлкемлестириў жумыслары, сондай-ақ, быйыл Наўрыз байрамы мүнәсибети менен өткерилиўи жобаластырылған этнофестивальдың таярлық жумысларын көзден өткерди.
Дерек: New Muynak City каналы
 
    2019-01-28 16:12:50 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine