Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Мойнақта Халық аралық Пресс клуб болды



Бүгин, 4-январь күни, саат 14-00 де, Халық аралық Пресс клуб Мойнақ районынан туӯрыдан – туӯры трансляция алып барды. Пресс клубтыӊ сапардағы сессиясы даӯамында районныӊ экономикалық ҳәм социаллық раӯажланыӯы, бүгинги күндеги машқалалар ҳәм оларды шешиӯ жоллары, жақын келешекте әмелге асырылатуғын режелер ҳаққында айтылды.
Кѳрсетиӯди Өзбекстан 24 телеканалы туўрыдан-туўры трансляция қылды.
Халық аралық Пресс клубқа Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси баслығы Муса Ерниязов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығы Қаҳраман Сариев, бир қатар министрлер, шөлкем баслықлары журналистлер қатнасты. Көрсетиў даўамында тараў басшыларының мағлыумат бериўинше, Халық аралық Пресс клуб Арал регионы ушын жәрдем бериўди қәлеўши қәўендерлер ушын банкте арнаўлы есап бетин ашқан. Пресс клуб эфирге берилген ўақытта айтылған мағлыўмат бойынша бул есап бетке 6 млрд сўмнан артық пул келип түскен.Буннан тысқары, Арал теңизиниң қурыған ултанында тоғай пайда етиў ушын исленип атырған жумыслар барысында Мойнақ районының жергиликли халқы жумыс пенен тәмийинленбекте. Яғный жергиликли 600 аслам пуқараға сексеўил туқымын тергени ушын сексеўилдиң 1 килограммы ушын 1,5 мың сўмнан төленбекте. Соның менен бирге басқа аймақлардан Мойнақта пайда болып атырған жаңа жумыс орынларына кириўди қәлеўшилер ушын телефон номер айтылды. Олар: 93 915 29 04, Мойнақ районындағы штаб номери 61 224 12 93.
    2019-01-04 17:08:24 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine