Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Мойнақта Германия компаниясы 10 мегаватт қуўатлылыққа ийе қуяш электростанциясын қурыўды баслады



Германияның Graess Energy компаниясы Өзбекстанда 10 мегаватт қуўатлылыққа ийе болған қуяш электростанциясын қурыўды баслады, деп хабар берди Daryo.uz Repost басылымына тийкарланып.
«Мойнақ-1» қуяш электростанциясының салтанатлы ашылыўы 2019-жыл октябрь айында болып өтиўи жобаластырылған.
Есаплаўларға қарағанда, бул 20 мегаватт қуўатлылыққа ийе болған жойбардың дәслепки фазасы болып, оны әмелге асырыў ушын 24 миллион АҚШ доллары талап етиледи.
Оған Германияның Siemens, Норвегияның REC ҳәм Қытайдың Suntech компаниялары үскенелерди жеткерип бериўи нәзерде тутылған.
2021-жылға шекем Өзбекстанда улыўмалық қуўатлылығы 500 мегаватт, сметалық қәрежети 1,1 миллиард АҚШ доллары болған 5 қуяшлы фотоэлектростанция қурылыўы жобаластырылған.
 
Қарақалпақстан хабар агентлиги
    2019-01-31 17:13:30 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine